DMED qosimshasin ju’klep aliwdi buginnen baslan’.
- 22.12.2025
- 0
Бүгин сизге халқымыз арасында көрсетилетуғын медициналық жәрдемлердиң айрықшалықларын ҳәм парқларын санап өтемиз.
Сиз буны билиў арқалы сапалырақ Медициналық хизметтен пайдалана аласыз.
1⃣➡️ Поликлиника
2⃣➡️ Медициналық тез жәрдем.
Бул еки тараўдың өз алдына айырмашылықлары жүдә өзгеше. Ең алды менен булар ҳаққында Сизге азғана мағлыўмат берип өтейин.
⁉️ Поликлиника ⁉️
Бул не❓ Ҳәм қандай хизметлерди усынады ❓
🏥Поликлиника -Бул
✅Режелестирилген медициналық жәрдем көрсетеди.
🦠Созылмалы кеселликлерди бақлап турады.
💉Профилактика, Скрининг диспансер бақлаўын алып барады.
🧪 Лаборатория ҳәм инструментал тексериўлерди реже тийкарында өткереди.
🩻 Тар шеңбердеги қәнигелер көригинен өтиў имканияты.
💊Дәри жазыў, кеселлик бетин бериў, емлениўди бақлап барыў -тыйкарғы функциялары.
‼️ Өмир ушын қәўипли болмаған жағдайларда бирлемши мүрәжет орны есапланады.
Қабыл етиў ўақты реже тийкарында тәртиплестирилген.
🚑Медициналық тез жәрдем
⁉️Бул не ❓
Ҳәм қандай хизметлерди усынады❓
🚑Медициналық тез жәрдем
‼️Бул ‼️
☎️ Айрықша жағдайларда шақырыў бойынша келеди.
☠️ Өмир ушын қәўипли болған жағдайларда биринши медициналық жәрдем көрсетеди.
🫀Жүрек тоқтаўы, Инсульт Аўыр жарақатланыў, естен таныў, дем алыў жетиспеўшилиги сыяқлы жағдайларды өз ишине алады.
🩸 Реанимация, Кислород, Дәри инексияс, транспортировка сыяқлы тез жәрдем көрсетеди.
Шақырыў мәнзилине барады.
✅Мақсети инсан өмирин сақлап қалыў ҳәм кейинги басқышға жеткериў
Инсанды толық емлеўди өз жуўапкершилигине алмайды.
‼️ Усы орында итибар бериң Тез жәрдем мақсетине қайта оқып терең пикирлең ‼️
🖇Тийкарғы парқлары:
🔬Ўазыйпасы:
🏥Поликлиника – Режелестирилген жәрдем.
🚑ТМЖ (Тез медициналық жәрдем) – Айрықша жәрдем
📑Ис режеси:
🏥 Поликлиника – Жумыс саатларында
🚑 ТМЖ – 24/7🔁
🤝Жәрдем түри:
🏥 Поликлиника – Амбулатор
🚑 ТМЖ – Асығыс, көшпе
⛑Риск дәрежеси:
🏥 Поликлиника – төмен ҳәм орта қәўипли жағдайларда.
🚑 ТМЖ – Жоқары қәўипли жағдайларда.
☎️ Шақырыў:
🏥📌Поликлиника шақырыўға шықпайды.
🚑 ТМЖ – Мәнзилге барады.
🔬Үскенелер:
🏥 Поликлиника диагностикаға бағдарланған.
🚑 ТМЖ – реанимацион үскенелер менен үскенеленген.